QARO'ZBРУСENG

Март айынан баслап ТИТУ Нөкис филиалында Португалиялы профессор Pedro José Arrifano Tadeu сабақ өтеди

ТИТУ Нөкис филиалы бүгинги күнде раўажланған мәмлекетлер менен билимлендириў тараўында бирге ислесиўди жақсы жолға қойған. Буннан гөзленген мақсет студент жасларға заманағөй тәлим системасы арқалы жаӊа билимлер бериў,тәжирийбе алмасыў саналады. ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызметиниӊ мағлыўматына қарағанда,усы жылдыӊ март-май айлары даўамында ТИТУ Нөкис филиалында Португалия мәмлекетиниӊ Гуарда политехника институти профессоры Pedro José Arrifano Tadeu профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар ушын арнаўлы сабақлар, мастер-класслар өтиўи режелестирилмекте. Профессор Pedro José Arrifano Tadeu кантасыўында студент жаслар ушын Санлы усыллар ҳәм бағдарлама моделлестириў пәнинен лекциялар, профессор-оқытыўшылар ушын жаӊа педогогикалық методикалар бойынша семинарлар шөлкемлесириледи.