QARO'ZBРУСENG

ТАТУ Нөкис филиалында Корея халық аралық бирге ислесиў агентлиги тәрепинен семинар шөлкемлестириледи. Онда кимлер қанасыўы мүмкин?

2019-жыл 26-февраль санесинде саат 10:00 де ТАТУ Нөкис филиалында – KOICA (Корея халық аралық бирге ислесиў агентлиги) тәрепинен арнаўлы семинар шөлкемлестириледи. Семинар мақсети: - KOICA ҳәм KOICA волонтёрлар бағдарламасы ҳаққында мағлыўматлар бериў. - волонтёрлар қабыллаў ҳәм сораўнама толтырыў тәртиплерин үйретиў. Кимлер қантасыў имканиятына ийе: Мәмлекетлик уйымлар басшы ҳәм қанигелери, Билимлендириў мекемелери, мәмлекетлик басқарыў органлары,мәмлекетлик медицина бирлеспелери ҳәм көркем онер тараў ийелери, ҳәм басқалар. Мағлыўмат сыпатында атап өтемиз World Friends Korea (WFK) деб аталатуғын бағдарлама арқалы, Корея Республикасы Ҳуқимети волонтёрларды таӊлап алады ҳәм раўажланған мәмлекетлерге тәжирийбе алмасыўға, өз билимлериӊизди беккемлеўге жибереди. Өзбекстанда KOICA волонтёрлары социаллық-экономикалық раўажландырыўға бағдарланған.Сондай-ақ, корейц тилин үйретиў, компьютер технологиялары, медицина, балаларды оқытыў ҳәм Сэмаыл Ундонг (аўыллық жерлерди раўажландырыў) ҳ.т.б тараўлары бойынша мәмлекетимизде өз искерлигин даўам етпекте. KOICA ныӊ Өзбекстандағы офиси 1995-жылда ашылған болып,бүгинги күнге шекем 1400 ден аслам Өзбекстанлы қанигелер Кореяда стажировкада болып келген.