QARO'ZBРУСENG

«Адам саўдасы-дәўир машқаласы»

«Адам саўдасы-дәўир машқаласы» Бүгин ТИТУ Нөкис филиалында усы атамада илаж шөлкемлестирилди. Ушырасыўда ТИТУ Нөкис филиалы Оқыў ҳәм тәрбиялық ислер бойынша директор орынбасары Х.Сейткамалов, Муҳаммед Ибн Аҳмед Аль-Беруний орта арнаўлы Ислам билим журты оқытыўшысы С.Раджабов ҳәм басқада бирге ислесиўши шөлкемлер тийисли ўәкиллери,профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар қатнасты. Билемиз, Адам саўдасы – аймақ, шегара, миллет таңламайтуғын жаман иллет саналады. Бундай иллетлерге қарсы гүресиў ҳәм өз хуқықларырымызды тереӊ аӊлап жетиўде нызам менен белгиленип берилген. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 24-статьясында «Жасаў ҳуқуқы ҳәр бир инсанның ажыралмас ҳуқуқы болып табылады. Инсан өмирине қастыянлық қылыў ең аўыр жынаят»-деп тән алынған. Өткерилген илажда тийисли баянатшылар усы мазмунда қантасыўшыларға мағлыўматлар берип өтти ҳәм студент жаслар өз сораўларына толық жуўаплар алды. Филалда дәўир машқаласыныӊ алдын алыўга бағдарланған бундай үгит-нәсият жумыслары еледе даўам етеди.