QARO'ZBРУСENG

30-январь Мәмлекетлик-сиясый ғайраткер Ислам Каримов туўылған күн сәнеси

Халқымызда инсан әзиз, ал оныӊ естелиги маӊги деген даналық гәп бар. Өзбекстан Республикасыныӊ Биринши Президенти Мәмлекет Ғәрезсизлигиниӊ тийкарын салыўшысы -Ислам Каримов ҳәр бир инсан кеўлинде мәнги сақланатуғын тулға саналады. Бүгин 30-январь Мәмлекетлик-сиясый ғайраткер Ислам Каримов туўылған күн сәнеси. Сол тийкарда Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында И.А.Каримов – Ғәрезсиз Өзбекистанның тийкарын салыўшысы» атамасында ушырасыў кешеси болып өтти. ТИТУ Нөкис филиалы Оқыў ҳәм тарбиялық ислер бойынша директор орынбасары Хайратдин Сейткамалов, Республика Мәнаўият ҳәм мәрифат орайы Қарақалпақстан бөлими жетекши қәнигеси, Өзбекистанға мийнети синген мәденият хызметкери Шарапатдин Аяпов, Филиалыдың Гумантиар ҳәм социал пәнлер кафедрасы үлкен оқытыўшысы Урзия Жаксымова ҳәм студент жаслар өз баянатлары менен қантасты ҳәм И.Каримов өмир жолы сиясый-экономикалық,социаллық басламалары алып барған ислери ҳаққында жане бир мәрте атап өтти. Кеше даўамында “Ислам Каримов-Мәмлекет Ғәрезсизлигиниӊ тийкарын салыўшысы” атамасындағы ҳүжжетли кинофилм қантасыўшылар ӊазерине усынылды