QARO'ZBРУСENG

«Future Muynak» информациялық технологиялары орайы пайдаланыўға тапсырылды

Бүгин алыс Арал  бойларында жаңа қала пайда болмақта. Бул жерди биз «Жана Мойнақ»  деп атамақтамыз. Ҳақыйқатындада  кешеги Мойнақ бүгин өзгеше көриниске ийе болмақта. Сонлықтанда мәденият илим-пән Мойнақтан басланып атыр. 
Усы жылдыӊ  23-октябрь күни  Мойнақ районында «Future Muynak» информациялық технологиялары орайы сондай-ақ, Book cafе пайдаланыўға тапсырылды.
Бул орайлар Ѳзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы басламасы менен қурылып,ол жерде жаслардыӊ компьютер технологияларын үйрениӯи 2D-графика, 3D-моделлестириӯ, вэб-дизайн, программаластырыӯ, фото сүӯретлерди қайта ислеӯ бойынша Мойнақ жасларына билимлер бериледи. 
Заманагѳй Book cafеде болса, әдебий илимий китапларды оқыӯы ушын барлық қолайлықлар жаратылған. 
Мағлыўмат ушын атап өтемиз, Ташкент информация технологиялары университетиниӊ Нѳкис филиалы профессор-оқытыўшылар тәрепинен «Future Muynak» информациялық технологиялары орайы тренерлери турақлы оқытылып келинбекте.

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети