QARO'ZBРУСENG

ТИТУ Нɵкис филиалы студенти «5Т» Республика жаслар форумында қатнасты

Усы жылдың 19-20-октябрь күнлери аралығында Самарқанд қаласында Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң жасларға тийисли бес басламасы тийкарында  «5Т» Жаслар форумы болып ɵтти.
Өзбекстан Жаслар Аўқамы,  «Жипек жолы»  Туризм халықаралық  университети  ҳəм басқада қатар шɵлкемлер тəрепинен ɵткерилген бул форумда Ташкент информация технологиялары университети Нɵкис филиалы  студенти Мадияр Тɵрениязовта белсене қатнасты.
- «Жаслар форумында мен Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң жасларға тийисли бес басламасыныӊ 3 яғный Жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен үнемли пайдаланыўды шɵлкемлестириў бағдары бойынша қатнастым ҳәм робототехника бойынша керекли мағлыўматларға ийе болдым»-дейди, форум қатнасыўшысы Мадияр Тɵрениязов.
Мағлыўмат ушын атап ɵтемиз ɵткерилген форумға 1200 талабанлар арасынан  жәми 400 қатнасыўшы сайлап алынды.  

ТИТУ Нɵкис филиалы Баспасɵз хызмети