QARO'ZBРУСENG

Спорттың волейбол түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди

Хабарыңыз бар, Усы жылдың 2-7-октябрь күнлери аралығында спорттың волейбол түри бойынша Қарақалпақстан Республикасындағы  жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, улыўма билим бериў мектеплери, кәсип-өнер колледжлери муғәллимлери арасында жарыс шөлкемлестирилди. 
 Жәми  8 команда арасында өткерилген жарыста Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалы профессор-оқытыўшыларынан дүзилген команда белсене қатнасты.

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети