QARO'ZBРУСENG

Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы ТАТУ Нөкис филиалында көтериңки руўхта белгиленди

Бәри сиздей муғаллимнен басланар,

Билим-дәрья, сиз нәўпирген сағасы.

Қәдемиңиз келешекке тасланар,

Жол көрсетер сиздей уллы данасы.

Ҳақыйқатындада , билимниң сағасы,тәрбияның тийкары әдиўли устазлардан басланады.Сонлықтанда устазлық  кәсиби ҳәмийше қәдирленген ардақланған.
Ҳәр жылы Республикамыз бойлап, 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы көтериңки руўхта  белгиленеди.
Сол қатары Бүгин Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен “Байрам мүбәрек,әзиз устазлар!” атамасында байрам кешеси болып өтти. 
Байрам  кешесинен Фоторепортажды нәзериңизге усынамыз.

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети