QARO'ZBРУСENG

Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы табыслы III орынды ийеледи

Усы жылдың 25-28-сентябрь күнлери аралығында Самарқанд ўәлаятында Өзбекстан рсепубликасы информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў Министрлиги тәрепинен спорттың  мини футбол (футзал)түри бойынша көшпели кубок ушын республика финал басқышы болып өтти. 
Өткерилген финал басқышта жәми 15 команда арасынан  Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы табыслы III орынды ийеледи.
Мағлыўмат ушын атап өтемиз, Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы оқытыўшылары Сапарнияз  Турсымуратов, Алишер Бекбосиновлар бул Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы ағзалары болып табылады.
Биз, Республика финал басқышы жеңимпазларын табыслары менен шын жүректен қутлықлаймыз! 

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети