QARO'ZBРУСENG

ТАТУ Нөкис филиалында жаңа 2019-2020-оқыў жылы басланды

ТАТУ Нөкис филиалы Республикамызда информациялық технологиялар тараўы бойынша тәлим бериўши бирден-бир тийкарғы жоқары оқыў орны саналады. Бугин бул дәргайда жаңа 2019-2020-оқыў жылы басланды. Сол тийкарда таза оқыў жылын мүнәсип күтип алыў,билимлендириў тараўындағы жаңа басқышларды терең түсиндириў мақсетинде илаж шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан аймақлық басқармасы баслығы Т.Баекеев, Қарақалпақстан телерадио узатыў орайы баслығы Е.Қалбаев, Қарақалпақстан Республикасы электромагнит сыйымлылық хызмети баслығы И.Реймов, ТАТУ Нөкис филиалы директоры техника илимлери докторы Б.Каипбергеновлар кирис сөз бенен ашып берди ҳәм жаңа оқыў жылы менен қызғын қутлықлады.
2005-жылдан берли жасларға тәлим берип атырған филиалда бүгинги күнде 2 факультет 6 кафедра өз жумысларын алып бармақта.
2019-2020 оқыў жылында 6 қәнийгелик тәлим бағдарларына жәми 236 студент ҳәмде 2 қәнийгелик бойынша сыртқы тәлим бағдарына  85 студент, Магистратура талим басқышына 5 магистрант қабыл етилди.
Сондай-ақ, таза оқыў жылын филиал үлкен жаңалық пенен қарсы алмақта яғный Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында  Беларуссия мәмлекетлик информатика ҳәм радиоэлектроника университети менен биргеликте қоспа факультет ашылды. Бул факультетке 2 тәлим бағдары бойынша жәми 50 студент қабыл етилди. 
Байрам кешесинде 2019-2020 оқыў жылында жоқары балл менен ТАТУ Нөкис филиалына қабыл етилген студент жаслар ҳәм филиал белсенди жасларына ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.








Илаждан соң таза оқыў жылы Ғәрезсизлик сабақлары менен басланды. 

 

 ТАТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети