QARO'ZBРУСENG

Мобиль компаниялар қәнигелери ТИТУ Нөкис филиалында сабақ өтпекте

ТИТУ Нөкис филиалында усы жылдыӊ 20-24-май күнлери аралығында Республикамыздағы мобиль компаниялар, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы  радио теле узатыў орайы қәнигелери тәрепинен  көшпели әмелий сабақлар шөлкемлестирилмекте. Мақсет, студент жаслардың теориялық билимлерин әмелият арқалы беккемлеў саналады. 
Бугин филиалдыӊ Телекомуникация технологиялары ҳәм АКТ тараўында кәспий тәлим қәнигелиги студент жаслары ушын  Uzmobile , Қарақалпақстан  аймақлық  бөлими «Тармақты Эксплуатация қылыў» бөлими баслығы Илхамберген Абдикаримов тәрепинен «Uzmobile компаниясыныӊ раўажланыў басқышлары» атамасында әмелий сабақ шөлкемлестирилди.
-«Бугинги сабақта компанияныӊ байланыс сапасын арттырыў усыллары, антеналардыӊ жайласыў орынлары,сигнал дәрежелерин Хийўа қаласы мысалында үйренип шықтық»-,дейди филиал 2-курс студенти И.Юрсинов.
Әлбетте теория әмелиятта сыналса ғана ҳақыйқый тәжирийе усылы бола алады.Сонлықтанда студентлер әмелиятта жумыс алып барып атырған тараў қәнигелерден билим алыўы олар ушын тәсирли бола алады.
Еслетип өтемиз, ТИТУ Нөкис филиалында басқада мобиль компаниялар  қәнигелери тәрепинен көшпели әмелий сабақлар даўам етеди.

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети