QARO'ZBРУСENG

ТИТУ Нөкис филиалының ең шох қыз ҳәм жигити анықланды

ТИТУ Нөкис филиалында «Куўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўыныӊ филиал басқышы болып өтти.  3 басқыштан ибәрат таӊлаўда студент жаслар өз-ара ҳәзил көринислери менен беллести 
Төрешилер тәрепинен баҳалап барылған таӊлаў жуўмағында I орынды «Чемпион» командасы, II орынды «ШҚШ» командасы, III орынды «Онлайн» командаслары ийеледи. Сондай-ақ, «Еӊ шох қыз» номинациясын Айнаш Утеўсинова, «Еӊ шоҳ жигит» номинациясын Махмуд Мадреймовлар жеӊип алды.
Еслетип өтемиз, «Куўнақлар ҳәм зийреклер» танлаўыныӊ нәўбеттеги басқышына ТИТУ Нөкис филиалы студент жасларынан дүзилген команда ҳәзирги ўақытта таярлық жумысларын алып бармақта. ТИТУ Нөкис филиалы командасына  әўмет яр болсын!

 

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети