QARO'ZBРУСENG

«Келажак бунёдкори» медалы ийеси Давид Конарбаев өзи тәлим алған мектебине китаплар саўға етти

Хабарыӊыз бар Республикамыз бойлап барлық тараўларда, мекеме шөлкем ҳәм оқыў орынларында «Мен оқыған мектепке китап саўға етемен» акциясы даўам етпекте.
Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы студенти, «Келажак бунёдкори» медалы ийеси Давид Конарбаев өзи тәлим алған Нөкис районындағы 1-санлы мәмлекетлик  қәнийгелестирилген мектебине балалар ертек китапларын саўға етти.
 Сондай-ақ, Давид Конарбаев акция шеӊберинде мектеп оқыўшыларына  программаластырыў ҳәмде компьютер билимин жетилистириў бойынша семинар-тренинг шөлкемлестирди. 
Әлбетте, еӊ жақсы саўға бул китап саналады. Жаслардыӊ бундай акцияларда белсене қанасыўы болса басқа теӊлеслергеде үлги болыўға ылайықлы.

 

ТИТУ Нөкис филиалы Баспаөз хызмети