QARO'ZBРУСENG

Бүгиннен ТИТУ Нөкис филиалында Португалия мәмлекетиниӊ Гуарда политехника институти профессоры сабақ өтиўди баслады

Усы жылдыӊ март айынан баслап ТИТУ Нөкис филиалында Португалия мәмлекетиниӊ Гуарда политехника институти профессоры Pedro José Arrifano Tadeu студент жаслар ушын арнаўлы сабақлар өтиўи хақкында алдын хабар берип өткен едик.
Бүгин ТИТУ Нөкис филиалында профессор Pedro José Arrifano Tadeu инглис тилинде Санлы усыллар ҳәм бағдарлама моделлестириў пәнинен өз сабақларын баслады.
“Студентлерге теориялық билим бериўден соӊ көп ўақытты өткермей әмелий шынығыўлар бериў лазым. Мен усындай усылды қоллаўды унатаман сол арқалы олардыӊ билимин беккемлей аламыз,” –дейди профессор Pedro José Arrifano Tadeu биз бенен сәўбетте.
Мағлыўмат сыпатында атап өтемиз, Профессор Pedro José Arrifano Tadeu тәрепинен бир семестр даўамында студентлерге сабақлар, профессор-оқытыўшылар ушын жаӊа педогогикалық методикалар бойынша семинарлар өтиўи режелестирилмекте.