QARO'ZBРУСENG

Жаслaрды жат идеялар тәсиринен қорғаў

Усы жылдыӊ 31-январь күни ТИТУ Нөкис филиалында жаслaрды жат идеялар тәсиринен қорғаў ҳәм жаслар арасында жынаятшылықтыӊ алдын алыўға бағдарланған нәўбеттеги ушырасыў кешеси болып өтти. Ушырасыўда Мухаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы Оқыў ҳәм тарбиялық ислер бойынша директор орынбасары Хайратдин Сейткамалов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гуресиў басқармасы аға лейтенанты Ислам Сейтимбетов,Нөкис Имам Ишан Мухаммед Жомий мешити Имам орынбасары Каҳраман Турдымуратов, Нөкис қалалық ҳәкимлигиниң Дин ислери бойынша болим баслығы Худайберген Незаматов ҳәм басқада қатар қанигелер, нураныйлер өз баянатлары пикир-усыныслары менен қатнасты ҳәм күн темасына тийисли мағлыўматлар берип өтти. Илаж даўамында «Хужайрадаги зулмат» видеофильми қойып берилди.