QARO'ZBРУСENG

ТИТУ Нөкис филиалында ата-аналар жыйналысы болып өтти.

ТИТУ Нөкис филиалында усы жылдыӊ 13-январь күни нәўбеттеги ата-аналар жыйналысы болып өтти. Онда ТИТУ Нөкис филиалы дирекциясы, профессор-оқытыўшылары, студентлер ҳәм олардыӊ ата-аналары қатнасты.

«Мениӊ перзентим Ҳамидов Бек 2018-жылы Әскерий хызметшилердиӊ шаӊарақларына берилген имканият тийкарында қосымша 5% ли жеӊиллик пенен оқыўға қабыл етилди. Мен мәмлекетимизден ана сыпатында миннетдарман. Бүгинги жыйналыста перзентлеримиздиӊ баҳалары оқыў системасындағы жетискенликлери керек болса кемшиликлерин оқытыўшылар менен бирге көрип шықтық»-дейди Нурсулыў Қудайбергенова.

Мағлыўмат орынында айтып өтўимиз орынлы бүгинги күнде ТИТУ Нөкис филиалы тараўға тийисли қәнигелерди таярлаў, хабар-коммуникация ҳәмде инновация технологияларын билимилендириў басқышларына енгизиўде Республикамызда жетекши орында келмекте. Филиал халықаралық жоқары оқыў орынлары менен тығыз байланыста өз искерлигин алып бармақта. Жақында Корея мәмлекетинде 8 оқытыўшы өз тәжирибе ҳам билимлерин асырып қайтқанлығы сөзимизди тастыйықлайды.

Соны айрықша атап өтиўимиз лазым ТИТУ Нокис филиалы ҳәзирги ўақытта дүняныӊ раўажланған мәмлекетлериндеги жоқары оқыў орынларында енгизилген Кредит тәлим системасына өтпекте. Бул система арқалы студент жаслар өзбетинше излениўге хәм заманагөй тәлим алыў имканиятына ийе болады. Бүгинги күнде ТИТУ Нөкис филиалында 881 студент жаслар 65 профессор-оқытыўшылардан тәлим алмақта. Ушырасыў даўамында ата-аналар филиал оқыў басқышлары, имканиятлары, әдеп-икрамлық қағыйдалары менен және бир мәртебе жақыннан танысты ҳам өз пикир усынысларын билдирип өтти.

ТИТУ Нөкис филиалы «Баcпасөз хызмети»