Алдын хабар берип өткен едик, Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң социаллық ҳәм руўхый ағартыўшылық тараўларға тийисли 5 басламасы тийкарында “Future Muynak” хабар технологиялары ҳәм китап оқытыўға үйретиў оқыў орайы ашылыўы режелестирилмекте. Бүгинги күнде орай ушын жаңа бинаның қурылыс ислери әмелге асырылмақта.
