VIII-IX әсирлерде Шығыста жасап дөретиўши ҳәм уллы алым Муҳаммед ал-Хорезмий математика, геометрия, астрономия, тарийх, география ҳәм басқа пәнлерге байланыслы көплеп қол жазбалар жазған. Ол “ноль” санын, онлық санақ системасын ҳәмде кублар координаталарын бириншилерден болып тийкарлап берген ҳәм әмелиятқа енгизген. Муҳаммед ал-Хорезмий алгебра пәнине ҳәм алгоритлестириў теориясына тийкар салған.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2017 жыл 15 март күни Ташкент информациялық технологиялары университетин еледе раўажландырыў ҳаққындағы ПҚ-2834 – сан қарары қабыл етилди.
Усы қарарға тийкарланып, Өзбекистан Республикасы Информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Ташкент информациялық технологиялары университетине (кейинги орынларда Университет деп айтылады) Муҳаммед ал-Хорезмий атын бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технлогиялары университети ҳәм филиал зийрек студентлери ушын берилетуғын Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы стипендиясы енгизилди. Ғәрезсиз ана Ўатанымыз тәрепинен жасларға көплеп имканиятлар жаратылып, елимиз жаслары ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып келинбекте.
Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технлогиялары университети ҳәм оның филиаллары арасында қәбилетли ҳәм зийрек жасларды анықлаў, оларды хошаметлеў арқалы басқаларға өрнек етип көрсетиў ушын Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы стипендиясы шөлкемлестирди.
Мине, усындай жаратылған қолайлықтан үнемли пайдаланып, теңлеслерине өрнек болып қыятырған излениўшең жаслардың бири – Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технлогиялары университети Нөкис филиалы «Компьютер инжиниринги» факультети Телекоммуникация технологиялары (“Телекоммуникация”) бағдары 2-басқыш студенти Сапарова Улбосын.
Ол филиалда билим алыў дәўиринде өзиниң кең пейиллиги, қызығыўшылығы, мийнет сүйгишлиги, устазларына болған ҳүрмети менен бирге оқыў ҳәм илимий излениўшеңлигин ҳәмде өзиниң зийреклигин көрсетип келмекте.
Улбосын Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технлогиялары университети Нөкис филиалына шәртнама тийкарында оқыўға киргеннен соң, биринши басқыштан-ақ өзиниң излениўшеңлиги, билимге деген инталығы менен устазларының дыққат итибарына түсти. Устазларының жол-жобалары менен билимин еле де тереңирек алыўға ҳәрекет ете баслады.
Улбосынның билим алыўға деген умтылыўын көрген Информациялық технологиялары кафедрасы аға оқытыўшысы, илмий басшысы Байрам Турумбетов өзине шәгиртликке алды. Телекоммуникация ҳәм информациялық технологиялары саласының жаңа өзгерислерине тийкар салыўшы, өзиниң сабақларын толық өзлестирип, айрықша баҳаларға оқыў менен бирге, көплеп илмий конференцияларға қатнасып келмекте. Бүгинге дейин устазлары менен биргеликте 12ге жақын илмий мақала ҳәм тезислери менен халық-аралық ҳәм республикалық илмий-әмелий конференцияларға қатнасты.
2017 жыл филиалымызда болып өткен бир қанша таңлаўларында белсенди қатнаспақта. Атап өтетуғын болсақ, «Ең жақсы тармақ администраторы» көрик таңлаўына белсенди қатнасты ҳәм мақтаў жарлығы менен сыйлықланды. Өзбекистан жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми ағзасы.
Сапарова Улбосын – 2017/2018 оқыў жылынан баслап зийрек студентлер ушын берилетуғын Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы стипендиясына мияссар болды.
Филиал студент-жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылар шәкиртлери ерисилген барлық табыс ҳәм жетискенликлерин еситип қуўанып көз жасларға бөленди, устазы Байрам Турумбетовтың пидайы мийнетлерин ақлады, бар күш жигери менен нәтийжели табысларға еристи.
Саламат АВЕЗОВ,
Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Оқыў жәрдемши бөлими»ниң лаборанты.