QARO'ZBРУСENG

дизимге алыў

2023-жылда Өзбекстан Республикасында халықты дизимге алыў иләжы өткериледи. Тарийхый дереклерден бизге мәлим, халықты дәслепки дизимге алыў әйемги Греция, Вавилон, Месопотамия, Рим, Қитай, Япония ҳәм Египетте өткерилген. Буннан тийкарғы мақсет адамлардан салық жыйнаў ҳәм де әскерий хызмет ушын олардың санын анықлаў болған. Сол себептен дизимге алыўда тийкарынан ер адамлар итибар қаратылған.

Халықты ең биринши рәсмий дизимге алыў 1790 жылда АҚШда, кейинирек 1800 жылда Шветсия ҳәм Финляндияда, 1801 йилда Англия, Дания, Норвегия ҳәм Францияда өткерилген. Бирақ бул халық дизимлери жүдә әпиўайы формада ҳәм де узақ мүддетке созылған. Мысалы, АҚШда дәслепки халықты дизимге алыў жумыслары 18 ай даўамында алып барылған.