Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың белсендилигин асырыў, олардың идея ҳәм басламаларын коллап-қиўатлаў,илим билимлендириў,экономика,социаллық тараўлардағы искерлигин жәнеде беккемлеў мақсетинде “Өзбекстан ҳаял-қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары” III Республика таңлаўы болып отти.
Таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышында ТИТУ Нөкис филиалы студенти Асалбану Алимбаева жеңимпаз болды.
Асалбану Алимбаева бул таңлаўға Қарақалпақша түсиндирме сөзликтиң мобил программасы бойынша ислеп шыққан жойбарын усынды.
-“Бул мобил программа тийкарынан еки усылда қолланылады яғный, мобиль платформа ҳәм веб платформа. Мен бул программа арқалы заманласларымыз қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигин интернет ҳәм мобиль қурылмалар арқалы қолайлы пайдаланыўын мақсет еттим”-дейди, А.Алимбаева.
Таңлаў Республика экспертлер кеңеси тәрепинен жойбарлардың жаңалығы, мазмун әҳмийети, экономикалық, жәмийетлик нәтийжелиги тәреплерин есапқа алған ҳалда баҳаланады.
Ең жақсы жойбар ҳәм идеялар авторларына диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети