QARO'ZBРУСENG

Илажларда тек Мойнақлы жаслар емес пүткил халқымыз белсене қатнасыўы лазым

Усы жылдың 9-февраль сәнесинде Ташкент информация технологиялары университети  Нөкис филиалы Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен Арал теңизиниң қурыған ултанын жасыл тоғайзарлыққа айландырыўда алып барылып атырған жумысларға үлес косыў мақсетинде экологиялық акция шөлкемлестирилди.
Онда филиал басланғыш шөлкеми белсенди ағзалары сексеўил өсимлигин егиў жумысларында белсене қатнасты.
«Арал бойы әтирапында алып барылап атырған жумысларда ең дәслеп Арал әтырапында жасап атырған жаслар үлги болыў лазым. Сонлықтанда биз бул жерде алып барылып атырған үлкен дөретиўшилик жумысларда жаңаланыўларда өз үлесимизди косыўды тийкарғы мақсет етип белгиледик»-дейди, Жаслар аўкамы филиал басланғыш шөлкеми жетекшиси Кабылбай Токсанбаев.
Әлбетте, бундай илажларда тек Мойнақлы жаслар емес бәлки пүткил халқымыз белсене қатнасыўы лазым себеби Арал тәғдири-келешек тәғдири саналады.  

image1

image2image3image4

image5

 

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети