QARO'ZBРУСENG

Мойнакта ислениўи лазым болған режелер белгиленди

Мойнақ жасларының компьютер технологиялары бойынша саўатлылық дәрежесин арттырыў, оларға қосымша заманагөй билим бериў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басламасы менен районда «Future Muynak» информациялық технологиялар орайы, сондай-ақ, Book cafе объектлери қурылып, 2019- жыл 23-октябрь күни пайдаланыўға тапсырылған еди.

Moynaq

IT-Center

Бүгин ТИТУ Нөкис филиалы директоры, техника илимлери докторы, Б.Каипбергенов ҳәмде филиал  ислер басқармасы баслығы Н.Калимбетов, декан орынбасары Ш.Баймуратов, ассисстент-оқытыўшылар А.Атамуратов хəм К.Ережеповлар Мойнақ  районындағы IT-орайы жумыслары менен танысты хəм оқытыўшылар, дөгеректе тəлим алып атырған оқыўшылар менен ушырасып, заманагөй тəлим системасы, тəлим бериў усыллары хəмде олардың  усыныслары тийкарында ислениўи лазым болған режелери бойынша саўбетлести.
Еслетип өтемиз, IТ-орайларында оқыў тийкарынан 4-бағдарда яғный, анимация, веб-дизайн, кино- видео-өнимлерин, компьютер ойынларын ислеп шығарыў бағдарлары бойынша билим көнликпелер бериледи. Сондай-ақ, оқыўшыларға сабақлар даўамында программаластырыў, комьютер анимациясы, 2D графика, 3D моделлестириўде үйретиледи.

Future Muynak
 

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети