QARO'ZBРУСENG

«Коррупциясыз тараў» жойбары шеңберинде нәўбеттеги ушырасыў болып өтти

Коррупция демократиялық жолды таңлаған мәмлекетлердиң раўаланыўына тосық болатуғын ең тийкарғы белги саналады. Сол тийкарда Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалында мәмлекетимиздеги «Коррупциясыз тараў»жойбары шеңберинде нәўбеттеги ушырасыў болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Суд-ҳуқық машқалалары ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығы Б.Матмуратов,филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслар қатнасты.
Ушырасыў даўамында қәнигелер  тәрепинен 34 статьядан ибарат «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳақкында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы мазмун-мәниси, ҳәмде «Коррупциясыз тараў» жойбарында көрсетилген ўазыйпалар, сондай-ақ,нызамшылықта пара алыў ҳәм бериў бойынша белгиленген жаза түрлери хаққында мағлыўматлар берилди.
Ушырасыўда студент жаслар қызықтырған сораўлары ҳәм усынысларына тийисли жуўаплар алды. 

 

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети