QARO'ZBРУСENG

ТИТУ Нөкис филиалы студенти Қарақалпақша түсиндирме сөзликтиң мобил программасын ислеп шықты

Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалы студенти Асалбану Алимбаева Қарақалпақша түсиндирме сөзликтиң мобил программасын ислеп шықты.
Бул мобил программа тийкарынан еки усылда қолланылады яғный, мобиль платформа ҳәм веб платформа.
-“Бүгин информациялық технологиялар инсанлардың ажыралмас бөлимине, тийкарғы қуралына айланбақта. Сонлықтан инновациялық технологиялардан пайдаланып,оның имканиятларын миллий контенттеги программаларды ислеп шығыўға бағдарлаў ең аҳмийетли мәселелердиң бири. Мен бул программа арқалы заманласларымыз  қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигин интертет ҳәм мобиль қурылмалар арқалы қолайлы пайдаланыўын мақсет еттим”-дейди, А.Алимбаева.
Бул программада сөзлер тийкарынан алфавит бойынша жайғастырылып, веб платформасында сөзликлер менен бирге терминлер,видео аудиоларда орын алған.
Мағлыўмат ушын атап өтемиз. ТАТУ Нөкис филиалы студенти Асалбану Алимбаева бул жойбары менен жақында Өзбекстан Хаял-қызлар комитети тәрепинен шөлкемлестирилген “Өзбекстан ҳаял-қызларының  100 ең жақсы инновациялық жойбары” III Республика таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында  жеңимпаз деп табылды.

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети