QARO'ZBРУСENG

Алиманың илимге болған қумары

Елимиз жасларын ҳәр тәреплеме жетилискен, бәркамал әўлад болып жетилисиўинде илим дәргайлардың орны гүреўи есапланады.

1995-жыл. Нөкис қаласы. Орынбаевлар шаңарағында дүньяға келди. Бул шаңарақтың меҳрибан ата-анасы қәлбинде қуяш киби нур шашып нәрестениң жылаған даўысы шаңарақ ушын бахыт есигини қағып шексиз қуўаныш алып келди.

Енди ғана дүньяға келген перзентке ата-анасы жас илимпазлардың сапларының ийеси Алима деп қойыўды мақул көрди. Алима ата-анасы ҳәм устазларынан тәрбия алып, илим-билим сырларыны терең меңгере баслады. Алима 2010-жыл Нөкис қаласындағы 17-санлы мектепти тамамлап. 2010-2013 жыллар Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети қасындағы №1 санлы академик лицейди имтиязлы диплом менен табыслы тамамлады. Ол ҳәзир Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының қәбилетли студент жасларымыздың бири. Оның билим алыўға болған қумары ҳәм қызығыўшылығы көп ғана жетискенликлерге ерисиўине себеп болды.

Усы дәргайда билим алып жүрген өз теңлеслери арасында ең үлгили ҳәм шаққанлығы менен көзге түсе баслады. Орынбаева Алима компьютер инжиниринги факультети, компьютер инжиниринги қәнигелиги 3 курс студенти. Филиалымызда болып өтетуғын бәрше таңлаўларда, пән олимпиядаларында ҳәм жәмийетлик ислеринде белсенди қатнасып келеди.

2014-жылы илмий басшысы ф.и.к., үлкен оқытыўшысы У.Ж.Жақсымова менен биргеликте “Қарақалпақ халық дәстаны «Юсуп-Ахмет»те миллий ғәрезсизлик идеяларының жырланыўы”, Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети қасындағы №1 санлы академик лицей оқытыўшысы К.Д.Джакаева “Ўқув жараёнларида ўқувчиларнинг мустақил ва ижодий фикрлаш қобиллиятларини қўллаб қувватлаш ва уларни ривожлантириш” мақалалары менен Республикалық илимий-әмелий конференцияларда қатнасып китапларда баспадан шықты.

2015-жыл 30-ноябрьда «Жәмийеттиң раўажланыўында ҳаял-қызлардың тутқан орны» темасындағы илмий-әмелий конференциясында илмий басшысы Э.Еримбетова менен биргеликте “Чет тилини мустақил ўрганишда компьютер воситаларининг ўрни” темасындағы мақаласы менен қатнасып сертификат пенен сыйлықланды.

2015-2016 оқыў жылында жоқары оқыў орынлары студентлери арасында спорттың волейбол түри бойынша өткезилген «Камолот алтын топы» жарысларсында белсинди қатнасып командасы менен 2-орынды ийелиди ҳәм диплом менен сыйлықланды.

2016-жыл 4-март филиалымызда «8-Март Халық аралық ҳаял-қызлар» күни мүнәсебети менен «Спорт маликасы» көрик таңлаўында қатнасып 3-орынды ийеледи.

2015-2016 оқыў жылында жоқары оқыў орынлар арасында өткизилген «Билимлер сынаўы» көрик таңлаўыны өткизиўинде белсинди қатнасқанлығы ушын Мақтаў жарлығы менен сийлықланды.

2016-жыл филиалымыз «Камолот» ЖЖҲ БШ тәрепинен шөлкемлестирилген «МУНОЗАРА» дебатларида белсинди қатнасқанлығы ушын Мақтаў жарлығы менен сыйлықланды.

2016-жыл Өзбекистан «Камолот» ЖЖҲ «Ўқув услубий марказ» мәмлекетлик емес шөлкеми тәрепинен өткезилген Жоқары оқыў орынларындағы «Камолот» ЖЖҲ басланғыш шөлкемлери Кеңес ағзалары, факультет сәрдарлары ушын өткезилген семинар-тренингдеги қатнасқанлығы ушын ГҮЎАНАМА менен сыйлықланды.

2016-жыл Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен шөлкемлестирилген «Салық билимданлары» көрик таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқышында командамыз жеңиске ерисип III дәрежели диплом менен сыйлықланды.

Нызамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогика университетинде 2016 жыл «Замонавий информатиканинг долзарб муаммолари ўтмиш тажрибаси, истиқболлари» темасындағы өткезилген Министрлик системасындағы жоқары оқыў орны ҳәм илмий-изертлеў шөлкемлери аймағындағы илмий-әмелий жыйналыс материаллары топламында «Ўқув мақсадларини амалга оширишда компьютернинг имкониятлари беқиёсдир» темасындағы тезиси баспадан шықты.

2016-жыл филиалымызда болып өткен «Иновацион ғоялар» көрик таңлаўында өз программасы менен қатнасты ҳәм Ташкент информациялық технологиялары университетинде болып өткен «Intellectual Generation of Uzbekistan» темасындағы конференциясына жолланма алып 14-15-апрель күнлери конференцияға қатнасып сертификат менен сийлықланды.

2016-жылы болып өткен «Юқори маънавиятли авлод» фестивал Нөкис басқышында II-орын ҳәм Қарақалпақстан Республика басқышында II-орынды ийелеп финал басқышына жолланма алды.

2016-жылы болып өткен «Жүрт келешеги» көрик таңлаўы Нөкис қалалық басқышында II-орын ҳәм Қарақалпақстан Республика басқышында II-орынды ийелеп Қашқадәрья ўәлаятында болып өткен Республика басқышында сертификат менен сыйлықланды.

2016-жыл Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы «Илим Ғуншалары» темасындағы илмий-әлемий конференциясында белсенди қатнасып сертификат менен сыйлықланды.

Ол Республикалық ҳәм аймақлық ара болып өткен илмий-әлемий конференцияларда өз мақалалар менен белсене қатнасып келмекте.

2016-жыл Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы ушын Филиалымыз тәрепинен талабан сыпатында көрсетилди.

Орынбаева Алима – Өзбекистан радиотехника, электроника ҳәм байланыс илмий-техника жәмийети стипендианты ҳәм «Камолот» стипендиятына мияссар болды.

Алима өз үстинде көбирек излениў нәтийжесинде өзиниң биринши веб-сайтыны жаратиўға еристи. Оқыў ҳәм жәмийетлик искерлиги менен бир ўақытта алып барып Алима, имканиятлардан өнимли пайдалынып, қеўилине меҳир-муҳаббат дәнини егип, имканияты шекленген майып балалар ҳәм жигит-қызлардың периштели қолларынан тутып, олардың қәлбине өмирге болған ушқын муҳаббат сезимлерини оята алған ҳәр бир инсан ғана еки дүнья есигин ашған болады.

Сондай бирлеспениң бири «Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими волонтёри болып ислеп атыр.

Бирлеспемиз 2011-жылдан өз жумысларын баслаған еди. Бирлеспениң, алдына қойған тийкарғы мақсети — айрықша итибарға мүтәж балаларды жәмийетке тартыў ҳәм олардьң ҳуқықларын қорғаўдан ибарат. Алдын спортқа кең итибар қаратылған болса, ҳәзирги ўақытта бирлеспе өз жумысларын бираз кеңейтип, бирқанша ийгиликли ислерди әмелге асырып келмекте.

Яғный, имканияты шекленген балалар ҳәм жас өспиримлер менен тығыз бирге ислесип, олардьң қызығыўшылық ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыў, жетилистириў, жәмийетте өз орнын табыўына қолымнан келген бәрше жәрдемди берип келмектемен – дейди Алима.

Майып жигит-қызлар ҳәм балалардың көзлерине қарап «Неге саламат инсанлар оларды өз қатарларына қосыўды, ашық жүзлигини болса өзине бийпарўа қылып көрсетеди, олар да сизлер қатары әпиўайы инсан-ғо» – деп меҳри домалап келген көз жасларыны меннен жасырып.

Адамның керек емеси болмайды. Халық арасында көп айтылады бул сөз. Мақсетим – бул сөздиң мәнисини ҳәр бир инсанларға түсиндириў...

Сол себепли ол ислеген биринши веб-сайты «Special Olympics Karakalpakstan» «Өзбекистан арнаўлы олимпиадасы» жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими жеке веб-сайтыны жаратты. Веб-сайт тийкарынан майып жигит-қызлар ҳәм балалардың усы дәўирге дейин ерисилген жетискенликлери, балалардың ўақтын үнемли өткериўге, тәлим-тәрбия бериў менен бирге спорт ойынларына кеңнен тартыўға, жас өспиримлер менен бирге ислесип, оларды социаллық қорғаўға итибар қаратылған.

Алима қәлбине меҳр-мухаббат дәнини егип теңлеслерине өрнек көрсетип бәрше жаслар қатары терең билим алып ҳалқымызға керекли инсан болып Журтбасшымыз тәрепинен жаратылған кең имканиятларға, сондай-ақ тәлим-тәрбия берген устазларының исенимини ақлап ата-анасы нийет етип қойған «Алиманың илимге болған қумары» дегениндей ҳәр қандай илимдеги жетискенликтиң арқасында тынымсыз мийнет, умтылыўшылық ҳәм жеңиске ерисиўге болған исеним жатады. Келешекте өз кәсибиниң маман ийеси болыўына уллы илимпазлардың қатарларында болып ҳәм де ертеңги күнимиз ушын өз технологиямызды жаратыўына тийкар салыўына тилеклеспиз.

Саламат АВЕЗОВ
Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Оқыў жәрдемши бөлими»ниң лаборанты.