QARO'ZBРУСENG

ТАТУ Нөкис филиалы студенти Hellogram тармағын ислеп шықты

Социаллық тармақлар бүгинги күнде информация алыў,тарқатыў ҳәм алмасыўдың тийкарғы қуралы болмақта.  Сонлықтанда дүньяда мессенджерлардың түри күн сайын артып бармақта. 
Жақында Ташкент информациялық технологиялары  университети Нөкис филиалы 2-курс студенти Комилжон Зокиров тәрепинен “Hellogram” деп аталған жаңа мессенджер ислеп шығылды.
-“Бул мессенджердың басқа тармақлардан парқы сонда Hellogram пайдаланыўшылары админ тәрепинен ғана блокланады. Бул бүгинги күнде инсанлар арасындағы түрли түсинбеўшиликлердиң алдын алады. Себеби программа инсәнларға тән мүнәсибетлерди түсинбейди ол техника онда сезим жоқ сонлықтанда программада админ тәрепинен ғана блоклаў жумыслары алып барылады. Мессенджер позитив мүнәсибетлерге бағдарланған болып, қосымша music video player лерде жайғастырылған”-дейди, мессенгер авторы Комилжон Зокиров.
Мағлыўмат ушын атап өтемиз, Hellogram тармағы телеграм ,WhatsApp  тармақларынан парқы сизге админ менен тез байланысыў имканиятын береди. Hellogram ды тез арада интернет арқалы жүклеп алыўыңызға болады. 

ТАТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети