QARO'ZBРУСENG

Халықаралық пресс-клуб Қарақалпақстанда

Бүгин Халықаралық пресс-клуб Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты жоқары оқыў орынлары ушын «Өзбекстан жоқары билимлендириў системасы: реформалардың жаңа басқышы, машқалалардың терең анализи ҳәм анық шешимлери» атамасында шөлкемлестирилди.

Оған Қарақалпақстандағы ҳәм Хорезмдеги барлық жоқары оқыў орны басшылары, академиклер, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыў туўрыдан-туўры «Өзбекстан 24», Қарақалпақстан ҳәм Хорезм телеканалларынан берилип барылды.