QARO'ZBРУСENG

ТИТУ Нөкис филиалы Академиялық лицейинде Кореялы Lee You Jun тәрепинен семинар шөлкемлестирилди

Алдын хабар берип өткен едик, ТИТУ Нөкис филиалында KOICA (Korea international cooperation agency) менен биргеликте веб технология бағдары бойынша жаңа дөгерек шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде дөгеректе KOICA волонтёры Кореялы Lee You Jun тәрепинен семинар-тренинглер шөлкемлестирилмекте.
  Нәўбеттеги семинар ТИТУ Нөкис филиалы Академиялық лицейинде болып өтти.Семинарда дәслеп KOICA (Korea international cooperation agency) ҳаққында қантасыўшыларға толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ ТИТУ Нөкис филиалында веб технология бағдары бойынша дүзилген дөгерекке ағза болыў басқышлары түсиндирилди. Яғный бул дөгеректе семинар-тренинглер бийпул шөлкемлестириледи ҳәм оқыўшылардың билим дәрежелерине қарап топарларға бөлинеди. 
Еслетип өтемиз, KOICA (Korea international cooperation agency) менен биргеликте дүзилген дөгерекке ағзалар ТИТУ Нөкис филиалы Халықаралық бирге ислесиў бөлиминде дизимге алынбақта.


ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети