Усы жылдыӊ 7-май сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият Министрлиги ҳәмде барлық жоқары оқыў орынлары арасында ҳәр жылы болып өтетуғын «Студентлер театр студиялары» фестивалыныӊ Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.
Бул фестивальда Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалыныӊ «Таӊ нуры» театр студиясы белсене қанасып, «Еӊ жасы театр студиясы баслығы» номинациясы бойынша жеӊимпаз болды.
Еслетип өтемиз, фестивальда филиал студентлериниӊ «Ҳеш кимге бермеймиз сени Өзбекстан!» атамасындағы саҳналастырылған көринисти тамашагөйлер дыққатына усынды.
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети