9-май улыўма халықлық байрам – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, 1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 74 жыллығы елимиз бойлап кеӊ белгиленип өтилмекте.
Хабарыӊыз бар, Президентимиздиң усы жыл 23-апрельдеги «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында қатарымызда бүгинги күндеде Ўатанның абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеў, урыс қатнасыўшыларын ҳәм майыпларды материаллық хошаметлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Сол тийкарда ТИТУ Нокис филиалыныӊ студент жаслары екинши жер жүзлик урыс қатнасыўшысы Нурылла ата Абдуллаев, мийнет ветераны Ким Александрлар шаӊарағында болып ҳалынан хабар алды.
Теберик инсанлар менен сәўбетлесиўде инсанға руўхый азық инәм етеди. Студентлер мийнет ветеранлары менен пикирлесип, көплеген маглыўматларға ийе болды ҳәм жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 74 жыллығы менен қутлықлады.
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети