QARO'ZBРУСENG

Booking.com корпорацияcыныӊ Голландиядағы офисиниӊ программисти ТИТУ Нөкис филиалында сабақ өтпекте

Бүгинен  ТИТУ Нөкис филиалында белгили booking.com корпорацияcыныӊ Голландиядағы офиси программисти Ҳикмет Абдуллаев тәрепинен студент жасларға сабақ шөлкемлестирилмекте.
Программист Ҳикмет Абдуллаев тийкарынан Объектке бағдарланған программаластырыў тиллери пәнинен студент жасларға жаӊа мағлыўматлар берип өтпекте.
ТИТУ Нокис филиалы бүгинги күнде  раўажланған мәмлекетлер менен тәлим тараўында бирге ислесиў, шет ел компаниялары  қәнигелери, сондай-ақ, жоқары оқыў орынлары профессорлары менен тәжирийбе алмасыўды жақсы жолға қойған.
Мағлыўмат сыпатында атап өтемиз, Ҳикмет Абдуллаев Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдарья  районында туўылып өскен. Ташкент информациялық технологиялары университетиниӊ бакала́вр тәлим басқышын, Корея мәмлекетиндеги Kookmin  университетиниӊ магистратура басқышынтамамлаған. Ҳәзирги ўақытта booking.com корпорацияcыныӊ Голландиядағы офисиниӊ программисти болып жумыс алып бармақта.