QARO'ZBРУСENG

Назима Калбаева Өзбекстан ҳаял қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары таңлаўының жуўмақлаўшы Республика басқышында жеңимпаз болды.

2019-жылдың 18-19 ферал күнлери Ташкент қаласында Өзбекстан Ҳаял-Қызлар комитети тәрепинен “Өзбекстан ҳаял қызларының 100 ең жақсы инновациялық жойбары” II-Республикалық таңлаўына Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы Программалық инжиниринг тәлим бағдарының 4-курс студенти Назима Қалбаева өзиниң бир қатар инновациялық бағдарламалары менен белсене қатнасты. Еслетип өтемиз, усы таңлаўға Өзбекстан Республикасынан көплеген ҳаял-қызлар өзлериниң инновациялық бағдардағы жойбарлары менен белсене қатнасты.

Таңлаў жуўмағына көре филиалымыз студенти Назима Калбаева таңлаўдың жеңимпазы болды.

 

Бүгин Ташкент қаласында таңлаў жеңимпазларын хошаметлеў мәресими болып өтти. Еслетип өтемиз, Назима биринши курсынан баслап Ташкент қаласында өткерилип атырған көплеген Республикалық таңлаўларда жеңимпазлықты қолға киритип атыр.

Сондай-ақ ол Б.Калмуратовтың илимий басшылығында Программалық инжиниринг тараўында бир қатар илимий ислерде алып барып атырғанын атап өтиў орынлы.