Хабарыӊыз бар 2017-жыл 14-марттағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарары тийкарында ҚМУ жанындағы 3-санлы Академиялық лицей Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы Академиялық лицейи болып қайта шөлкемлестирилди. Демек, соӊгы бир жыл ишинде ТИТУ Нөкис филиалы Академиялық лицейинде қандай өзгерислер болды? Белгиленген ўазыйпалар қай тәризде орынланды? Алдағы тийисли ўазыйпалар ҳәм нәтийже. Мине усы сораўлар шеӊберинде усы жылдыӊ 13-февраль сәнесинде ТИТУ Нөкис филиалы Академиялық лицейинде нәўбеттеги жыйналыс шөлкемлестирилди. Жыйналыста ТИТУ Нөкис филиалы директоры Батырбек Каипбергенов,филиал оқыў ҳәм тарбиялық ислер бойынша директор орынбасары Хайратдин Сейткамалов, ТИТУ Нөкис филиалы Академиялық лицейи директоры Рустем Реймов лицей оқытыўшылары ҳәм тийисли қанигелер қатнасты. Жыйналыс даўамында өткен жыл даўамында әмелге асырылған ислер кеӊ таллықланды. Сондай-ақ,тәлим тараўындағы жаӊа реформалар мазмун-мәниси кеӊ түсиндирилди. Жыйналыс соӊында пикир-усыныслар тийкарында алдағы ўазыйпалар белгиленди.