ТИТУ Нөкис филиалында спорт ҳәптелигине старт берилди. Жаслар арасында саламат турмыс тәризине әмел етиўге бағдарланған бул спорт ҳәптелиги шеӊберинде волейбол, мини футбол, стол тенниси бойынша жарыслар өткерилиўи режелестирилген .
“Бүгин спорттыӊ волейбол түри бойынша нәўбеттеги жарысымызды өткермектемиз. Команда ағзалары бириншилик ушын ҳәрекет етпекте. Әлбетте спорт ҳәр қандай жастыӊ тынық пикирлеўинде,саламат кәмил жетилисиўинде айрықша орын ийелейди. Солай екен барлық студентлеримизди бул спорт ҳәптелигине белесене қатнасыўына шақырып қаламыз.”-дейди, филиал ассистент оқытыўшысы Искендер Базарбаев.
Мағлыўмат сыпатында атап өтемиз спорт жарыслары ҳәпте даўамында болып өтеди.
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети