QARO'ZBРУСENG

Филиалымыз студенти “Ақыллы үйди” ойлап тапты

Бугин дуньяда  (smart) ақыллы телефон, ақыллы қол саатлар акыллы буйымлардыӊ жаӊа түрлери  саат  сайын пайда болмақта. Биракта ақыллы уй жойбарын Қарақалпақстанлы жас  ислеп шығыпты деп биринши еситкенимде түрли сораўлар пайда болды.  Ақыллы үй ол қандай қолайлықларға ийе? Қайсы тәреплери менен биз оны ақыллы үй деп атаймыз?

Хулласы, өз сораўларымызға жуўап табыў мақсетинде Қарақалпақстанлы жас бағдарламашы, Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы 3-курс студенти, “Ақыллы үй” жойбарыниӊ  ойлап табыўшысы Жақсылық Дәўлетназаров пенен интервью шөлкемлестирдик.

Жақсылық Дәўлетназаров биз сизди Ташкент қаласында болып өткен Innoweekҳәптелиги арқалы жақсы таныймыз. Бул “Акыллы үй” жойбары ҳақкында  бизгеде  толық мағлыўмат берсеӊиз  Яғный сизиӊ Аққыллы уйиӊиз басқаларынан  қайсы  тәреплери менен парықланады? Оныӊ жаӊалығы неде деп ойлайсыз?

-Жойбарымныӊ басқа Ақыллы үйлерден парқы сонда, бул система ардуино микроконтроллери тийкарында дүзилген. Билемиз ҳазирги ўақытта көпшилик шаӊарақларда пулт арқалы басқарылатыуғын люстралар бар.    Бирақ ҳәр бир ханадағы люстра ушын оз алдына басқарыў пулти талап етиледи. Бул пайдаланыўшыларға бир қанша қолайсызлықлар туўдырыўы мүмкин. Ал бизлердиӊ ислеп шыққан жойбарда универсал орайлық пулт арқалы басқарыўларды әмелге асырыўға болады. Сондай-ақ, бул арқалы электр энергиясында тежеў имканиятына ийемиз.

Акыллы уйге кирсеӊиз ханалардыӊ шырақлары ози жағылады,шығып кетсеӊиз өзи өшеди. Содай-ақ, үйди қорғаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў  мақсетинде бир қанша қурылмалар қойылған. Бунда сиз электр тармақларын пулт сыяқлы узақ аралықта турып онлине бақлап барсаӊыз болады.

Егерде биз үйимизден алыста болған жағдайда онлине гүзетип отырыўымызға болады ма?

-Әлбетте, биз оқыўға жумысқа яки алыс саяхатқа кеткенимизде үйимиз қәўипзиз болады  Егерде үйимизге уры түскен жағдайда үй ийесине  смс хабар келеди. Содай-ақ, үй температурасы, ығаллығы үйге кимлер келип кеткенлиги анық ўақты менен микро SD картаға жазылады.

Еӊ әҳмийетлиси ҳәрекетти сезетуғын датчигиде қойылады. Бул курылма айна ,есик, дәрўазаларға қаратылған тәризде жайғастырылады. Гаражда газди сезиў қурылмасыда бар. Бул газ шығыўы менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиӊ алдын алыўға жәрдем береди.

Жақсылық Дәўлетназаров бундай идеялар бизди куўанышқа бөлейди. Себеби, қолай үй ондағы техникалық имканиятлар, уйимиздиӊ қәўипсизлигин тәмийинлейди. Дурыс ҳәзирги ўақытта бундай системалар  орнатылып атыр. Деген менен, шет елден келитирилип атырғаны ушын олар қымбатқа түспкете. Ал сиз усынып атырған бул идея үскенелер сырттан келгени менен программаны өзимиз ислеп шығыўымыз себепли баҳасы  арзан болыўы мененде аҳмийетли.  

Устазыӊыз Азизбек Кадиров пенен алып барып атырған бул жойбарды еледе қосымша фукциялар менен байытып жақын арада әмелиятқа енгизиўиӊизге исенемиз. Сәўбетиӊиз ушын  сизге рахмет!

Сәўбетлескен : журналист, Ҳүрлиман Нуржанова