QARO'ZBРУСENG

Шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың 534 жыллығы

Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалының кишкене мәжлислер залында Руўхый-ағартыўшылық ҳәм зийрек студентлер менен ислешиўси бөлими баслығы М.Ходжанов басшылығында усы жылдың 14 февраль күни дәўлет ғайраткери ҳәм өткир қәлем ийеси шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың 534 жыллығы мүнәсебети менен «Жоқары руўхыйлы бәркамал әўладты тәрбиялаўда Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың мийрасының әҳмийети» темасында ушрасыў кешеси өткезилди.

Кешеге Әженияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институты «Өзбек тили» кафедрасы үлкен оқытыўшысы п.и.к. Ш.Бўронова, филиал «Гуманитар ҳәм социаль пәнлер» кафедрасы доценты У.Жақсымова ҳәм белсенди студент-жаслар қатнасты.

Кеше даўамыда Нөкис мәмлекетлик педагогика институты «Өзбек тили» кафедрасы үлкен оқытыўшысы п.и.к. Ш.Бўронова өз баянатында Заҳириддин Муҳаммед Бабур ҳәм басқада уллы инсанлар бизиң халқымыздың миллий мәдениятының түби сағалары болыў менен олардың дүньялық цивилизацияның раўажланыўына уллы үлеслери бизлердиң ҳәммемиздиң миллий мақтанышымыз болады. Олардың дөретип қалдырған мәдений мийраслары жасларымыздың илимге, билимге қызығыўшылығын арттырыўда руўхландырыўшы күш болып, тарбиялық ролин атқарады.

Кеше соңында студент-жаслар Заҳириддин Муҳаммед Бабур ғәззеллеринен оқыдылар.

Саламат АВЕЗОВ
Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Оқыў жәрдемши бөлими»ниң лаборанты.