QARO'ZBРУСENG

Филиалдыӊ халық-аралық бирге ислесиў қадемлери

Жәмийетте илим-техниканыӊ раўажланыўы дәўир талабы болып табылады. Ҳәзирги дәўирде раўажланған мәмлекетлер қатарына кириў, дүнья цивилизациясы жетискенликлеринен толықрақ пайдаланыў ушын мәмлекетте илимниӊ раўажланыўы оныӊ келешегин белгилейди. Солай екен, Республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынларыныӊ бири Муҳаммед ал-Харезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы бүгинги дәўир талабынан келип шығатуғын жоқары билимли қәнигелерди таярлаўшы тәлим мәкемеси есапланады. Филиалда жетик, маман қәнигелерди таярлаў келешекте «Электрон ҳүкимет»ке өтиў ушын толық имканиятлар жарататуғынлығы бәршемизге мәлим. Мәмлекетимизде «Электрон ҳүкимет» системасын раўажландырыў бүгинги күнниң дәўир талабы екенлигин мойынлаған ҳалда ҳәм мәмлекеттиң толығы менен «Электрон ҳүкимет»ке айланыўы ушын еледе бир қанша мүмкиншиликлер туўдырыў алдымызда турған тийкарғы ўазыйпамыз деп билиуимиз керек. Муҳаммед ал-Харезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында 2018-жыл 2627 апрель күнлери Жанубий Корея республикасынан жетик канийгелери, хазирги куни Өзбекистан Республикасы Информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрлигинин «Электрон ҳүкимет» орайы мәсләҳәтшиси профессор Sang Chul Shin ҳәм Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университетинин «Электрон ҳүкимет» орайы мәсләҳәтшиси профессор Byung Wook Jeon хызмет сапарында болды. Хызмет сапары даўамында келген мийманлар филиал профессор-оқытыўшылары, улкен илмий хызметкер-излениушилер, еркин-излуниушилер, магистрантлар ҳәм студент-жаслары менен бир неше ушырасыўлар өткерди. Даслепки ушырасыўды филиал директоры, техника илимлеринин докторы Б.Каипбергенов басқарып барды ҳәм мәжилис қатнасыўшыларына мәмлекетимизде Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен қабылланып атырған қарарлар, пәрманлар, фармойишлар тийкарында ИКТ тараўына үлкен итибар берилип атырғанлығы, олар тийкарында билимлендириў тараўында кредит системасына өтиў көзде тутылып, бунда әсиресе жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары алдында жоқары илимий потенциалды көтериў талап етилип атырғанлығы ҳаққында мағлыўматлар берилди.

ϴзбекистан Республикасы Информациялык технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрилиги қасындағы «Электрон ҳүкимет» орайы мәсләҳәтшиси профессор Sang Chul Shin информациялық технологиялар тараўының концепциялары туўралы айтып өтип, телекоммуникация хам информацион технологиялар тек ғана мағлыўматларды сақлаў, жыйнаў, узатыў менен шегараланып ғана қоймасдан, ең баслысы, бул технологиялар менен адам байланысы жолға қойылған болыўы керек екенлиги, жасалма интеллект хам ақыллы қала «Smart city», биткоин хам криптовалюта, wi-fi хам Интернет-каналлар, дронлар хам жасалма спутниклер хамде тагы баска жаналыклар ҳаққында кең түсиниклер берди.

Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети «Электрон ҳүкимет» орайы мәсләҳәтшиси профессор Byung Wook Jeon информациялық технологиялары тарауынын келешеги хам жана багдарлары, импакт-факторлар хам Scopus (Web of Science, Science of Direct) маглыуматлар базалары менен ислесиу, Өзбекистан Республикасы билимлендириў тараўында кредит системасына өтиў көзде тутылып атырғанлығы, кредит системасында процесслер төменнен жоқарыға қарай раўажланыў бойынша болатуғынлығы, кредит системасын түсиниў ушын оның философиясын түсинип алыў кереклиги, кредит системасында тийкарғы объект студент болып, профессор-оқытыўшылар хызмет көрсетиўшилер болыўы кереклиги атап өтилди. Сонын менен, 2018-2019 оқыў жылында жоқары оқыў орынлары арасында биринши мәрте Ташкент информациялық технологиялары университети ҳәм оның филиаллары кредит системасына өтиў белгиленгенлигин айтты.

Кредит системасында студентлер пәнлерди хам оқытатуғын муғаллимди таңлаўы мүмкин. Қәнийгелик пәнлер тийкарғы пәнлер есабында, қәнийгелик емес пәнлер қосымша пәнлер есабында оқытылыўы шәрт екенлиги хамде ҳәр бир жоқары оқыў орнының материаллық-техникалық базасын кушейтиуге итибар берилиўи керек екенлиги хаккында Корея канийгелери менен саубетлесилди. Сораў-жуўаплар даўамында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қызықтырған сораўларына мийманлар тарепинен кен турде жуўаплар хам тусиниклер алды.