QARO'ZBРУСENG

ДЫҚҚАТ ОЛИМПИАДА

Олимпиадада Өзбекистан Республикасы аймағындағы орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мекемелери, яғный, академиялық лицейлер ҳәм кәсип-өнер колледжлеринин питкериўши яки питкерген оқыўшылары, соның менен бирге, он бир жыллық улыўма орта мектептиң 11-класс питкериўшилери қатнасыўлары мүмкин.
Олимпиадада қатнасыўды қәлеўши жаслар олимпиаданың веб-сайтында www.matfiz.uz дизимнен өтип, олимпиада шәртлери ҳәм өткизиў басқышлары менен танысып шыққанларынан кейин қатнасыў ҳуқуқына ийе болады.

Олимпиада үш басқышта өткизиледи:

  • Биринши (саралаў) басқышы – 2018-жыл 20-январь күни онлайн тәризде, тест көринисинде өткизилип, «Математика» ҳәм «Физика» пәнлеринен беллесиўдиң веб-сайты www.matfiz.uz да дизимнен өткеннен кейин қатнасады. Тест сораўларының 80%ине туўры жуўап берген қатнасыўшылар олимпиада веб-сайтының «1-босқич ғолиблари» бөлиминде жәрияланады.
  • Екинши (аймақлық) басқышы – 2018-жыл 10-февраль күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети ҳәм оның аймақлардағы: Қаршы, Самарқанд, Ферғана, Ургенш ҳәм Нөкис филиалларында өткизиледи. Усы басқыш қатнасыўшылары арасында «Математика» ҳәм «Физика» пәнлеринен әмелий мәселелерге қойылатуғын максимал баллдың кеминде 80%ин топлаған окыўшылар олимпиада веб-сайтының «2-босқич ғолиблари» бөлиминде жәрияланады ҳәмде беллесиўдиң үшинши финал басқышына мирәт етиледи.
  • Үшинши (жуўмақлаўшы) басқышы – 2018-жыл 22-25-февраль күнлери Ташкент қаласындағы Ташкент информациялық технологиялары университетинде өткизиледи. Усы басқышта «Математика» ҳәм «Физика» пәнлеринен 10 дана әмелий мәселелерди жазба түрде тапсырады. Олимпиада финалы жеңимпазлары дизими веб-сайттың «Финал – Тошкент ш.» ҳәм «Тақдирлаш тахтаси» бөлимлеринде көрсетиледи.
  • Олимпиаданың үшинши финал басқышында ең жоқары балл топлаған 21 қатнасыўшы жеңимпаз болып есапланады. Бәрше жеңимпазларға қымбат баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар бериледи. Соның менен бир қатарда, олар Ташкент қаласындағы ИНХА университети тәрепинен инглиз тилинен бийпул оқыў ҳуқуқын бериўши жолланбаны қолға киритеди.