QARO'ZBРУСENG

Наўрыз сейили

Ассалаўма Алейкум! 
Ҳүрметли кәсиплеслер, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар!

Еӊ дәслеп бәршеӊизди жақынласып қалған жаӊаланыў ҳәм жасарыў айямы Наўрыз байрамы менен қутлықлайман!

Бул байрам тәбияттың ояныўы ҳәм бизде жыл басы. Аман-есенликде усы күнге жетип келгенимиз, тыныш-парахат елде жасап атырғанлығымыз сезине билген адамға үлкен бахыт.

Республикамыздыӊ еӊ алдынғы ЖООлары қатарында бизиӊ филиалымызда да бул байрам ҳәр жылы көтеринки кейпиятта өткерилип атырғанлығынан ҳәр бириӊиз хабардарсыз ҳәм өз үлеслериӊизди қосып келмектесиз!

Ҳәр жылғы әдетимизди даўам еттирген ҳалда, усы жылыда филиал жәмәәти ТАТЫЎлықта Наўрыз байрамын кеўилли өткериўди режелестиргенбиз! Филиалымызда бул жылғы «Наўрыз сейили» 17-март күни, саат 10:00 де басланады.

Байрамды кеўилли өткериў мақсетинде ҳәр түрли концерт бағдарламалары, миллий спорт ойынлары ҳəм миллий тағамлар кɵргизбелери «Наўрыз сейили» нен орын алған.

Иләжлардыӊ жоқары дәрежеде өтиўи ушын ҳәр бириӊиз өз хызметиӊизди аянбайтуғыныӊызға исенемен! Айрықша айтатуғын болсақ, факультетлер өзлерине бекитилген столларды ҳәр қыйлы миллий тағамлар менен безетиўи ҳəм миллий əспаб-үскенелер менен қатнасыўы сейилимиздиӊ еӊ тийкарғы салтанатларыныӊ бири есапланады. Сол ушын жуўапкерлер бул көргизбениӊ жоқары дәрежеде өтиўине айрықша итибар қаратсаӊыз!

Байрам, сейил бәршесиде өзимиздики! Солай екен Сизиӊ ҳәр бириӊиз байрамда ўазыйпаларға жуўапкершилик, ал өзиӊиз болса кеўилли кейпият пенен қатнасыўыӊыз күтиледи!

Қосымша: Филиал бас имараты жанында өткерилетуғын концерт бағдарламасына барлық профессор-оқытыўшыларды, студент-жасларды мирәт етемиз!
МИЛЛИЙ ЛИБАСЛАР менен келсеңиз еледе жарасымлы болатуғынлығын умытпаң!