QARO'ZBРУСENG

Таярлаў курслары жуўмақланып, тыӊлаушыларға сертификатлар тапсырылды.

Бүгин филиалымызда Белоруссия мәмлекетлик информатика ҳәм радиотехника университети информациялық технологиялары қоспа факультети (ТИТУ-БМИРУ ИТҚФ) қасында ашылған таярлаў курсын табыслы жуўмақлаған тыӊлаўшыларға сертификатлар тапсырыў мәресими болып өтти.

Оған Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалыныӊ окыў ислери бойынша директор орынбасары Х.Сейткамалов, филиалдыӊ окыў методик бөлими баслығы Ш.Ядгаров, компьютер системалары кафедрасы баслыгы Г.Джайков, таярлаў курсы тыӊлаўшылары ҳәм олардыӊ ата-аналары қатнасты. 

Таярлаў курсларында математика, физика, информатика, рус тили ҳәм шет тили, жәми бес пәннен жасларға билим берилип, усы жылдыӊ 22 февраль кунинен - 22 август кунине шекем даўам етти.

Курс даўамында жәми 16 тыӊлаўшылар қатнасқан болып, солардан сабақларды жақсы өзлестирген 9 тыӊлаушыға сертификатлар берилди.

Таярлаў курсын табыслы жуўмақлаған тыӊлаўшылар Беларус қоспа факультетинде оқыўларын даўам еттириў имканиятына ийе болды.