QARO'ZBРУСENG

Муҳаммед ал-Хaрезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында 2021-2022-жаңа оқыў жылы басланбақта.

Бүгин Мәмлекетимиздеги барлық оқыў орынларында 2021-2022-жаңа оқыў жылы басланбақта. Сәне мүнәсебети менен Муҳаммед ал-Хaрезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында  да жаңа оқыў жылы басланыў алдынан байрам кешеси шөлкемлестирилди. 

Илажды филиалдың оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор оынбасары Х.Сейткамалов басқарып барды. Салтанатлы иләжға Өзбекстан Республикасы информациялық технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығы Т.Баекеев, “Өзбектелеком АЖ” Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы Х.Таженов, Өзбекстан Почтасы Қарақалпақстан Республикасы филиалы директорының биринши орынбасары А.Мәмбетрызаев, студент жаслар, олардың ата-аналары ҳәм филиал профессор-оқитиўшилары қатнасты. 

Мәресимде шығып сөйлеўшилер байрам менен барлық устазлар ҳәм студент жасларды қутлықлап, жаңа оқыў жылы да табыслы келиўин тиледи. Соның менен бирге, филиалымыздың профессор-оқыўшылары, жаңадан қабыл етилген студент жаслар ҳәм 2020-2021 оқыў жылында жетискенликке ерискен студент жаслар хошаметленди. 

Өткерилген иләж жуўмағында студент жаслар белгиленген сабақ кестеси тийкарында аудиторияларға жиберилип, “Ғәрезсизлик сабақлары” баслап жиберилди.