QARO'ZBРУСENG

«Жыл студенти-2019» таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими

Қатнасыўшылар дәслеп район орайындағы Мәденият сарайы ҳәм орайлық көшениң бойларына нәллер екти. Буннан кейин сыйлықлаў мәресими болды. Онда «Жылдың өз қәнигелиги бойынша ең билимдан студенти» номинациясы бойынша биринши орын Ташкент темир жол транспорты инженерлери  институтының студенти Элмурат Астаналиевке, екинши орын  Термиз мәмлекетлик университетиниң студенти Қурбаналижан Закировқа, үшинши орын  Әндижан мәмлекетлик медицина институтының студенти Мухаммедаюбхан Бабаевқа, «Жылдың ең белсенди инициатор-үгит-нәсиятшы студенти» номинациясында биринши орын Ташкент мәмлекетлик стоматология институтының студенти Фируз Саидазимовқа, екинши орын Жиззақ политехника институтының студенти Барно Қушбаковаға, үшинши орын Ташкент медицина Академиясының студенти Дилноза Матқурбановаға берилди. Сондай-ақ, «Жылдың ең белсенди ойлап табыўшы-инноватор студенти» номинациясы бойынша биринши орынға Наманган инженерлик-технология институтының студенти Нодира Режапова, екинши орынға Әндижан мәмлекетлик университетиниң студенти  Билолиддин Эргашев, үшинши орынға Бухара инженерлик-технология институтының студенти  Мухриддин Ёкубов, «Жылдың ең белсенди спортшы студенти» номинациясы бойынша биринши орынға Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Сапура Қайыпназарова, екинши орынға Ташкент педиатрия медицина институтының студенти Жаўланбек Ҳамдамов, үшинши орынға Ташкент мәмлекетлик педагогика университетиниң студенти Ирода Жуманова мүнәсип деп табылды.

foto


Буннан тысқары, «Жылдың ең белсенди дөретиўши студенти» номинациясында биринши орын менен Қаршы инженерлик-экономика институтының студенти Шохиста Гүлбаева, екинши орын менен Ферғана мәмлекетлик университетиниң студенти  Муштарийбегим Қурбанова, үшинши орын менен К.Бекзод атындағы Миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институтының студенти Шаҳзодбек Абдубанноев, «Жылдың ең белсенди блогер студенти» номинациясында биринши орын менен Бухара мәмлекетлик университетиниң студенти Шахло Халилова,   екинши орын менен Әндижан мәмлекетлик университетиниң студенти  Фурқатбек Нодирбеков, үшинши орын менен Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Атабек Рахимбаев сыйлықланды. «Жылдың ең үлгили исбилермен студенти» номинациясы бойынша биринши орын Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Дилназ Адильчаеваға, екинши орын  Наўайы мәмлекетлик педагогика институтының студенти Гүлнисо Яндашоваға, үшинши орын Жиззак политехника институтының студенти Латофат Худайбердиеваға тапсырылды.
̶  Мойнаққа келип, бул жердеги өзгерислерди көриўди әрман ететуғын едим, ̶ дейди Ферғана мәмлекетлик университетиниң студенти, «Жылдың ең белсенди дөретиўши студенти» номинациясында екинши орын ийеси  Муштарийбегим Қурбанова. ̶ Сыйлықлаў мәрисиминиң Қарақалпақстан Республикасында, соның ишинде, Мойнақ районында өткерилиўи биз дөретиўши студент-жасларды буннан былай да рухландырады.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы статуэтка, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

foto

foto

foto

foto