QARO'ZBРУСENG

ТИТУ Нөкис филиалы оқытыўшысы Әмиўдарья районында мастер-класс өтти

Усы жылдың 12-февраль сәнесинде Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалы оқытыўшысы Жўрабек Худайбергенов тәрепинен Әмиўдарья аўыл хожалығы кәсип өнер колледжинде мастер класс шөлкемлестирилди.

2-rasm


Мастер класс даўамында қатнасыўшыларға дәслеп интернет тармағында жумыс алып барыў сондай-ақ, веб сайтларды жаратыў усыллары ҳәм басқышлары бойынша мағлыўматлар берилди.Мастер класстта район жаслары қәнигеден өзлериниң ИТ тараўында қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

1-rasm


Еслетип өтемиз, мастер класс Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы басламасы тийкарында кәсип өнер колледжи оқыўшылары ушын жоқарғы оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары менен биргеликте шөлкемлестирилмекте.

3-rasm

 

 
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети