QARO'ZBРУСENG

Тахтакөпир аўыл-хожалық қәсип өнер колледжинин искерликлери менен жақыннан танысылды

Хабарыңыз бар 2019-жыл 6-сентябрь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Профессионал тәлим системасын жәнеде раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди.
Бул пәрманда жоқары оқыў орынлары менен интеграцияласқан орта-арнаўлы профессионал тәлим басқышында кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынлары жанында ис алып баратуғын кәсип-өнер колледжлериде белгиленген.
Сондай-ақ, жоқары оқыў орынларының көп тармақлы оқыў орайларында  әмелият орынларын шөлкемлестириў ушын берилетуғын колледжлер дизимиде тастыйықланған.
Сол тийкарда Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалы директоры Б.Каипбергенов ҳәмде филиал ислер басқармасы баслығы Н.Калимбетов, декан орынбасары Ш.Баймуратов, ассисстент-оқытыўшылар А.Атамуратов хəм К.Ережеповлар Тахтакөпир аўыл-хожалық қәсип өнер колледжинде болды ҳәм оқыў орны искерликлери менен жақыннан танысты. ТИТУ Нөкис филиалына қараслы болыўы нәзерде тутылып атырған бул оқыў орнының жумыс басқышлары терең үйренилди. Сондай-ақ, бул жерде жумыс алып барып атырған педагог кадрлар ҳәм жумысшылар менен сәўбетлесип, пикир усыныслары тыңланды.

Kolledj

kolledj

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети