QARO'ZBРУСENG

Мойнақта ТИТУ Нөкис филиалы профессор-оқытыў шылары тəрепинен семинар-тренинг шөлкемлестирилди

Ташкент информация технологиялары университети  Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары тəрепинен  Мойнақ районынағы улыўмабилим бериў мектеплеринде жоқарғы оқыў орынлары менен мектеплер арасында тəжирийбелер алмасыў хəм тығыз биргеликте жумыс алып барыў мақсетинде семинар тренинг шөлкемлестирилди.
Семинар-тренинг даўамында филиал профессор-оқытыў шылары ТИТУ Нөкис филиалында алып барылып атырған заманагөй кредит тəлим системасының абзаллықлары сондай-ақ, инновациялық, техникалық жойбарлар хаққында толық мағлыўматлар берип өтти.
Мағлыўмат ушын атап  өтемиз, райондағы барлык  улыўмабилимбериў мектеплеринде семинар-тренинглер даўам етеди.

 

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети