QARO'ZBРУСENG

ТИТУ Нөкис филиалы студенти “Инновациялық идеялар жетекшиси” көкирек нышаны менен сыйлықланды

Күни кеше яғный 29-октябрь сәнесинде “Инновациялық идеялар жетекшиси” көкирек нышаны  менен мәмлекетимиздеги бир қатар жаслар сыйлықланды. 
Қарақалпақстан  Республикасынан Ташкент информация технологиялары университети  Нөкис филиалы 3-басқыш студенти Арман Нурниязов мине усы көкирек нышаны менен сыйлықланды.
  Арман Нурниязов бүгинги күнде илимий басшысы техника илимлери докторы Қуўаныш Сейтназаров пенен биргеликте “Есаплаў машиналары компьютер тармақларының математикалық ҳәм программалық тәмийнаты” бағдары бойынша өз жумысларын алып бармақта.
Арман  Нурниязов 2018-жылы мәмлекетимизде жоқары оқыў орынлары студент жаслары арасында өткерилген Математика пән олимпиадасында сыйлы III орынды ийелеген.Сондай-ақ, ол 2019-2020-оқыў жылы ушын  “Беруний” мәмлекетлик стипендиясына мүнәсип деп табылды.
 Мағлыўмат ушын атап өтемиз, “Инновациялық идеялар жетекшиси” көкирек нышаны  Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жоқары оқыў орынларында билимлендириў сыпатын жақсылаў ҳәм олардың мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсенди қатнасын тәмийинлеў  бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарары ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Инновациялық идеялар жетекшиси” көкирек нышанын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында шөлкемлетирилген. Бул жылы жәми 14 қәбилетли жас “Инновациялық идеялар жетекшиси” көкирек нышанына ылайық деп табылды. 

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети