QARO'ZBРУСENG

ИЛИМ ДӘРҒАЙЫНДАҒЫ ТЕХНОЛОГ ЖАСЛАРДЫҢ ЖЕТИСКЕНЛИГИ

Бүгинги күнде жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың әмелде өз көринисин таўып атырғанлығы ҳәм жаслар ушын билимлендириў, спорт, мәденият, хабар-коммуникация технологиялары ҳәм де басқа да тараўларда мүмкиншиликлер жаратылып, олардан орынлы пайдаланып атырған студентлердиң жетискенликлерге ерисип атырған илим дәргайының бири Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы есапланады.

Мине, усы имканиятлардан утымлы пайдаланып, теңлеслерине үлги болған зыялы жаслар саны күннен-күнге көбейип атырғанлығы келешигимиздиң жаңа технолог қәнигелерди жетистирилиўине исеним оятады.

Бүгин, ҳеш бир гумансыз ҳәр бир жигит-қыз кеўли бир дүнья пәк нийетлерге толы. Себеби, бүгинниң жаслары ғәрезсизликтиң бахытлы перзентлери.

Жоқары оқыў орынларында қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр жылы Өзбекистан Республикасы Информациялық технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги стипендиясы, Өзбекистан радиотехника, электроника ҳәм байланыс илмий-техника жәмийети стипендиясы, «Камолот» стипендиясы таңлаўы өткерилип келинбекте.

Филиалымыз 5 студент өзлериниң бағдарламалары менен қатнасты. Олар арасынан Қувватова Муборак Ҳамиджан қызы Компьютер инжиниринги факультети, кәсип-тәлим қәнигелиги 4 курс студенти – Өзбекистан Республикасы Информациялық технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги стипендианты.

Орынбаева Алима Отебаевна компьютер инженериясы факультети, компьютер инжиниринг қәнигелиги қәнигелиги 3 курс студенти – Өзбекистан радиотехника, электроника ҳәм байланыс илмий-техника жәмийети стипендианты.

Алламбергенов Нызаматдин Сапарбаевич компьютер инженериясы факультети, телекоммуникация технологиялары қәнигелиги 3 курс студенти. Базарбаев Рахман Расул улы, Орынбаева Алима Отебаевна компьютер инженериясы факультети, компьютер инжиниринг қәнигелиги 3 курс студентлери «Камолот» стипентиант болыўыналарына миясар болды.

Филиалымызда билимли ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилиги менен көзге түсип «Өзбекистан Республикасы Информациялық технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги», «Өзбекистан радиотехника, электроника ҳәм байланыс илмий-техника жәмийети», «Камолот» стипендияларына миясар болып атырған жасларды қутлықлап, олардың оқыўларына табыс ҳәм келешегине әўметлер тилеймиз.

Саламат АВЕЗОВ
Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Оқыў жәрдемши бөлими»ниң лаборанты.