QARO'ZBРУСENG

«Математика-физика» пәнлери бойынша Республика пән олимпиадасының 2-басқышы болып өтеди

Усы жылдың 10-февраль күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында  «Математика-физика» пәнлери бойынша Республика пән олимпиадасының 2-басқышы болып өтеди. Хабарыңыз болса керек усы олимпиадаға Қарақалпақстан Республикасының көплеген районларынан бир қатар жаслар қатнасты ҳәм жоқары нәтийжеге ерискен жаслар 2-басқышқа жоллама алды. Қатнасыўшылардың дизими төмендеги кестеде келтирилген.

Кестени жүклеў

Усы кестеде аты көрсетилген жаслар усы жылдың 10-февраль күни саат 9:00 де Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалына қатнасыўшы шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети менен келиўи ҳәм 2-басқышқа қатнасыўы ушын дизимнен өтиўи ҳәм олимпиадаға қатнасыўы керек.

Олимпиаданың екинши басқышы жазба жумыс көринисинде болып, ҳәр бир оқыўшыға 10 математикадан ҳәм 10 физика пәнинен мәселе ҳәм мысаллар бериледи. Ҳәр бир дурыс толық жуўап ушын 5 балл бериледи. Улыўма балл 100 балл болып табылады. Олар бул мәселе ҳәм мысалларға 3 саат (180 минут) даўамында жуўап бериўи тийис.