Алдын хабар берген едик, 2019-жыл Корея халықаралық бирге ислесиўши шөлкеми менен биргеликте Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалы арасында келисим имзаланды. Сол тийкарда КОIСА(Korea international cooperation agency) волонтёры Кореялы Lee You Jun тәрепинен веб-технологиялары бағдары бойынша ТИТУ Нөкис филиалында бийпул семинар-тренинглер шөлкемлестирилип келинбекте.
ТИТУ Нөкис филиалы волонтёр Lee You Jun менен биргеликте жаңа жойбар ислеп шықты ҳәм бул жойбарды КОIСА ға усыныс етти. Нәтийжеде усы жылдың февраль айында филиалға КОIСА тәрепинен 1000 $ АКШ доллары муғдарда инвестиция киритилди.
Мағлыўмат ушын атап өтемиз киритилген инвестиция 2019-жыл май айында веб-технологиялары бойынша ашылған дөгерекке техникалық үскенелер алыўға жумсалады.
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети