QARO'ZBРУСENG

ТИТУ Нөкис филиалында Республикалық илимий-техникалық анжуман өз жумысын баслады

Бүгин Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалында “Пән, тәлим ҳәм ислеп шығарыў интеграциясында информация коммуникация технологияларын қолланыўдың ҳәзирги заман мәселелери” атамасында Республикалық илимий-техникалық анжуман өз жумысын баслады.
Дәслеп, Республикалық илимий-техникалық анжуманның ашылыў мәресими болып өтти. Буннан соң қатнасыўшылар “Математикалық моделлестириў ҳәм хабар технологиялардың аҳмийетли мәселелери”, “Экономиканың түрли тараўларында информациялық-коммуникациялық технологияларды қолланыўдың алдынғы тәжирийбелери”, “Тәбийий ҳәм гуманитар пәнлерди оқытыўда инновациялық қатнас”, “Телекоммуникация технологиялары тараўының машқалалары ҳәм олардың келешеги”, “Электрон ҳүкимет ҳәм информациялық-коммуникация технологияларында қәўипсизлик машқалалары” бағдарлары бойынша топарларда өз жумысларын даўам етти.
Мағлыўмат ушын атап өтемиз, Республикалық илимий-техникалық анжуманға Өзбекстан Республикасы көлеминдеги бир қанша жоқары оқыў орынларынан профессор-оқытыўшылары, студент жаслар қантаспақта. 
Республикалық илимий-техникалық анжуман 30-октябрь күниде даўам етеди. 







ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети